😔 “Қоңыр ғаз” - Ибрайым Юсупов сөзи | Qońır ǵaz - ĺbrayim Yusupov sózi (1957ж.)

239 подписчиков

12+
12+

день назад

ПожаловатьсяНарушение авторских прав

239 подписчиков

12+
12+

день назад

ПожаловатьсяНарушение авторских прав
12+
12+

день назад

ҚОҢЫР ҒАЗ   ("Муўса" намасына)   Айдын көлде сайран салған қоңыр ғаз Сени көрсем қыс күнлерим болар жаз. Сени көрсем қанат байлап кыялым, Жас жүрегим өзин бийлеп тура алмас.    Қанатыңда келер бәҳәр әййямы,  Бәҳәрде бас қосса куслардың жәми  Қасқалдақ, бирқазан, көлдиң қутаны  Саған арыўлықта аўқам бола алмас.    Арқаның әдиўли теңизи Арал,  Аралдан ғаз кетсе кеўлим бийқарар,  Қуслар жат мәнзилде мәканлап қалар,  Адам туўған жерге тартпай тура алмас.    Ғаз келер, ғаз келер, қоңыр ғаз келер,  Ғазлар келген сәйын бәҳәр — жаз келер,  Жас адамның кеўли ышқыпаз келер,  Өмир гөззаллығын сүймей жүре алмас.     Қеўлимде муҳаббат, баста дәўраным,  Алтын жағыс Арал, шадлы мәканым,   Сайран сал қоңыр ғаз, сайранла жаным,  Саған ҳеш бир суңқар пәнже сала алмас.                                           Ибрайым Юсупов   1957-жыл

Название:

😔 “Қоңыр ғаз” - Ибрайым Юсупов сөзи | Qońır ǵaz - ĺbrayim Yusupov sózi (1957ж.)

Категория:

Разное